SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIБухгалтерия есабы ҳәм аудит қәнигелигиниӊ студентлери моноорай искерлиги менен танысты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Бухгалтерия есабы ҳәм аудит қәнигелигиниӊ студентлери моноорай искерлиги менен танысты
Бүгин «Экономика ҳәм гуманитар» пәнлер кафедрасына тийисли Бухгалтерия есабы ҳәм аудит (тармақлар бойынша) қәнигелигиниӊ 1-курс 109-топар студентлери кафедра баслығы П.Хожалепесовтиӊ басламасы менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Жумысқа мәрҳамат» моноорайына барды. Бул экскурсия даўамында студент-жаслар моноорайда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, түрли бағдарлар бойынша кәсип-өнерге оқытыў ҳәм шет тиллерин үйрениў курслары менен танысты. Орай хызметкерлери тәрепинен бул жердиӊ искерлигин жолға қойыўдан гөзленген тийкарғы мақсетлер түсиндирилди. Ҳәзирги күнде Жумысқа мәрҳамат» моноорайында көплеген пуқаралар, әсиресе жаслар түрли бағдарлар бойынша оқып тәлим алып атыр. Бул арқалы болса жумыссыз жасларды кәсип-өнерге үйретип, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм тәжирийбели қәниге сыпатында таярлап, белгили кәсипке бағдарлаў жақсы жолға қойылған. Филиал студентлери орайда билим алып атырған жаслар ушын жаратылған жүдә қолай ҳәм заманагөй шәрт-шараятларды көрип, жақыннан танысты. Олар менен сәўбетлесиў алып барды. —Студентлеримизди бул жердиӊ жумыс процесси менен таныстырыўымнан мақсет-мәмлекетимизде жасларды ҳәм жумыссыз пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардыӊ кәсип-өнер үйрениўи ушын қолай шараятлар жаратып берилгенинен хабардар етиў ҳәм олардан үнемли пайдаланып атырған жаслар менен сәўбетлесиў ушын мүмкинлик жаратыўдан ибарат. Мениӊше, студентлер экскурсия даўамында унамлы тәсирлерге ийе болды деп ойлайман— дейди П.Хожалепесов. 1-курс 109-топар студентлери моноорайда болып, пайдалы мағлыўматларға ийе болды.