“Ҳаял-қызлар арасында алдаўшылықтыӊ алдын алыў айлығы” шеӊберинде ушырасыў шөлкемлестирилди
Усы жылдыӊ 13-октябрь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында ҳәптениӊ ҳәр пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» деп жәрияланғаны мүнәсибети менен “Ҳаял-қызлар арасында алдаўшылықтыӊ алдын алыў айлығы” шеӊберинде ушырасыў шөлкемлестирилди. Онда Нөкис қаласы ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспектор, майор А.Наменова, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, профилактика инспекторы, аға лейтенант Қ.Қайпназаров, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илажды А.Сейткамалов ашып берип, қатнасыўшыларды ушырасыў мийманлары менен таныстырып өтти. Буннан кейин А.Наменова сөзге шығып, мәмлекетимизде Ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтыӊ алдын алыў бойынша алып әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳәм олар арасында жол қойылған алдаўшылық жынаятыныӊ түрлери ҳаққында толық түрде тоқталып өтти. Бул жынаяттыӊ түрлери ҳәм көринислери ҳаққында студент-қызларға толық мағлыўматларды берип өтти. Усы сыяқлы унамсыз мақсетлерди гөзлеген алдаўшылардыӊ торына түсип қалмаўды пуқараларымыз арасында кеӊ түрде ен жайдырыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. А.Наменова тәрепинен усы жынаят түри бойынша турмыслық мысаллар келтирилди. Илаж қатнасыўшыларында және де кеӊ түсиниклерди пайда етиў мақсетинде темаға байланыслы тарқатпа материаллар студентлерге тарқатылды. Сондай-ақ, студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-қызлар жағдайынан хабар алынып, оларға бүгинги тема бойынша толық мағлыўматлар берилди. Ушырасыў даўамында студентлер пайдалы мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1