«Еӊ жақсы китапқумар студент» Республика таӊлаўыныӊ 3-орын ийеси директор тәрепинен сыйлықланды
Алдын хабар бергенимиздей, филиал студенти «Еӊ жақсы китапқумар студент» Республика таӊлаўыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышында үшинши орынды ийелеўге мияссар болған еди. Бүгин, яғный 12-октябрь күни 3-орынды қолға киргизген ҳәм усы таӊлаўға белсене қатнасқан 3 студент-қызымыз филиал директоры Адилбай Есимбетов тәрепинен сыйлықланды. Илажға Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, Мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова ҳәмде студент-жаслар қатнасты. А.Есимбетов өз кирис сөзинде Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаслар арасында китапқумарлықты кеӊ түрде ен жайдырыўға қаратылған итибар туўралы айрықша тоқталып өтти. Таӊлаў қатнасыўшыларына болса билими, интасы ҳәм көп китап оқығаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм олардыӊ бул бағдардағы тырысқақлығы әлбетте қоллап-қуўатланыўын айтып жасларға мотивация берип өтти. Сондай-ақ, шөлкемлестириўшилиги ҳәм студентлердиӊ белсене қатнасын тәмийинлегени ушын Ж.Халмуратова, А.Сейткамалов ҳәм З.Хожамуратоваларға рахмет айтып, кейинги ўақытта студентлер арасында китапқумарлық мәдениятын және де жетилистириў керек екенлигин айрықша атап өтти. Республика таӊлаўыныӊ 3-орын жеӊимпазы 3-курс 311-топар студенти Айзада Сарсенбаеваға филиал директоры А.Есимбетов тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғасы тапсырылды. Белсене қатнасқан 3-курс студенти Венера Жолдасбаева ҳәмде Шахида Қарлыбаеваларға еӊ жақсы саўға ретинде оқыў ушын мазмунлы китаплар саўға етилди. Әлбетте, директор тәрепинен студент-жасларға мотивация берилиўи ҳәм қоллап-қуўатланыўы оларға және де ғайрат бағышлап, алдағы ўақытта буннан да жақсы нәтийжелерге ерисиўи ушын түртки болыўы анық.






Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1