«Жаслар тәрбиясында руўхыйлықтыӊ орны» атамасында ушырасыў болып өтти
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы Мәлимлеме-ресурс орайыныӊ оқыў залында «Жаслар тәрбиясында руўхыйлықтыӊ орны» атамасында ушырасыў болып өтти. Бул илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика илимлери кандидаты, доцент, Республикалық руўхый-ағартыўшылар жәмийети ағзасы Х.Қабулов, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы ҳуқықый мағлыўматлар секторы баслығы Р.Бекимбетова, филиал Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Ж.Халмуратова кирис сөзи менен ушырасыўды ашып берди ҳәм алып барды. Ол дәслеп қатнасыўшыларға келген мийманларды таныстырып өтти ҳәм ушырасыў темасы бойынша өзиниӊ пикирлерин билдирди.
Илаж даўамында Х.Қабулов ҳәм Р.Бекимбетовалар сөзге шығып, жәмийеттиӊ тағдири ҳәмде келешеги өсип киятырған жас әўладтыӊ тәрбиясы менен тығыз байланыслы екенлиги, кейинги жылларда мәмлекетимизде жаслардыӊ руўхыйлығын және де байытыў ҳәм дүньяқарасын кеӊейтиў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслар ҳаққында айтып өтти. Х.Қабулов — Сизлердиӊ кәмил инсан сыпатында жәмийетте өз орныӊызды табыўыӊызда руўхый дүньяӊыздыӊ бай екенлиги оғада әҳмийетли роль ойнайды. Сонлықтан, көбирек китап оқыӊ, дүньялық билимлерди тереӊирек өзлестириӊ ҳәм жәмийетшилик пенен унамлы мүнәсибет орнатыўды үйрениӊ—деп атап өтти. Илаж даўамында студентлерде шығып сөйлеп, тема шеӊберинде өзлериниӊ еркин пикирлерин билдирди. Пайдалы ҳәм мазмунлы тәризде болып өткен ушырасыў қатнасыўшыларда унамлы тәсирлерди қалдырды.
скачать dle 12.1