Филиал психологы тәрепинен студентлер арасында семинар-тренинглер өткерилмекте
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студент-жаслары арасында қызықлы психологиялық семинар-тренинглер өткерилмекте. Филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен биринши, екинши, үшинши ҳәмде төртинши курс студентлери қатнасыўында «Шахслар арасындағы мүнәсибетлерди қәлиплестириў» ҳәм «Қарым-қатнас психологиясы» темаларында семинар-тренинглер шөлкемлестирилди. Бул семинарлар даўамында студентлерге инсанлардыӊ өз-ара мүнәсибетлери, олардыӊ қарым-қатнас процессинде айрықша шахс сыпатында белсене қатнасы, мүнәсибетлердиӊ психологиялық қәсийетлери ҳәм қарым-қатнас мәденияты бойынша кеӊ түсиниклер берилди. Адамлардыӊ жәмийетте шахс сыпатында өз орнын табыўында оныӊ әтираптағылар менен унамлы мүнәсибет орнатыўы, қарым-қатнас психологиясынан хабардар болыўы әҳмийетли болып табылады. Ҳәр биримиз шахслар арасындағы өз-ара мүнәсибетлерде өз пикиримизге ийе болыўымыз керек. Инсан өз искерлиги даўамында көплеген адамлар менен байланыста болады ҳәм мүнәсибет орнатады.
Бул процессте болса оған өз тәжирийбеси ҳәм билими жәрдем береди. Сол себепли, филиал студент-жасларына усы темалар шеӊберинде тийисли түсиниклер берилди. М.Алламуратова қатнасыўшылардыӊ қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде семинар-тренинглер даўамында темаға байланыслы ойынларды ҳәмде психологиялық тестлерди өткерди. Өз орнында студентлерде семинар даўамында белсене қатнасты. Студентлерде тийисли көнликпелер пайда болды.
скачать dle 12.1