Спорттыӊ мини футбол түри бойынша «Директор кубогы» жарысы өткерилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында усы жылдыӊ 3-6-октябрь күнлери аралығында спорттыӊ мини футбол түри бойынша “Директор кубогы” жарысы өткерилди. Филиал студент-жаслары арасында саламат турмыс тәризин кеӊ ен жайдырыў ҳәм спорттыӊ усы түрине қызығыўшылығын және де арттырыў ҳәм бул арқалы олар арасында спорт тараўыныӊ раўажландырыў ушын зәрүр болған шәрт-шараятларды жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыс жәми 400 ден аслам қатнасыўшыны өзине қамтып алды. Жеӊимпазларды салтанатлы сыйлықлаў мәресиминде филиал директоры Адилбай Есимбетов сөзге шығып, бул жарысты шөлкемлестириўдиӊ үлкен әҳмийетине айрықша тоқталып өтти. Соныӊ менен бирге барлық белсене қатнасқанларға өз миннетдаршылығын билдирди. Жүдә қызықлы ҳәм гүреслерге бай түрде болып өткен жарысларды дене тәрбия оқытыўшысы Қ.Уразбаев басқарып барды. Жәми 36 команда қатнасыўындағы ойынныӊ жуўмақлаўшы нәтийжелерине бола, сыйлы биринши орынды Ветеринария медицинасы қәнигелигиниӊ 3-курс 303-топар студентлеринен қурам тапқан команда ийеледи ҳәм директор кубогыныӊ жеӊимпазы деп табылды. Зооинженерия (түрлер бойынша) қәнигелигиниӊ 2-курс 212-топар студентлериниӊ командасы 2-орынды, Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги 4-курс 403-топар студентлери болса 3-орынды ийеледи. Сыйлықлаў мәресими шеӊберинде барлық жеӊимпаз командалар филиал директоры тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. 1-орынды ийелеген командаға директор кубогы салтанатлы түрде тапсырылды. Усындай жарысларды турақлы түрде шөлкемлестирип барыў студент-жаслардыӊ спорт тараўына болған қызығыўшылығын ҳәм умтылыўларын және де арттырыўда ҳәмде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде үлкен роль ойнайды.
скачать dle 12.1