SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал студенти «Еӊ жақсы китапқумар студент» Республика таӊлаўында 3-орынды ийеледи » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал студенти «Еӊ жақсы китапқумар студент» Республика таӊлаўында 3-орынды ийеледи
Филиал студенти «Еӊ жақсы китапқумар студент» Республика таӊлаўында 3-орынды ийеледи
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиндеЕӊ жақсы китапқумар студент» Республика таӊлаўыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Бул таӊлаўда республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларыныӊ студентлери қатнасты. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында өткерилген басқышта жеӊимпаз болған 3 студент қызымыз да қатнасты. Еӊ билимли китапқумар, Аннотация шеберлиги, китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын кеӊ түрде үгит-нәсиятлаў бойынша 3 шәрт шеӊберинде өткерилген таӊлаў даўамында қатнасыўшылар өз билим ҳәм умтылыўшаӊлығы менен белсендилик көрсетти. —Қызықлы додалаўлар менен болып өткен таӊлаў даўамында студент-қызларымыз өткир зейини ҳәм билими менен өзлерин унамлы тәрептен көрсете алды. Олар арасында китапқумарлық бойынша турақлы түрде үгит-нәсият жумысларын алып барып, китап оқыўға деген қызығыўшылығын асырыўға тынымсыз ҳәрекет қылғанымыз өзиниӊ нәтийжесин берип атырғанынан жүдә қуўанышлыман—дейди Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова. 1-шәрт даўамында берилген жәми 50 тест сораўларынан жоқары балл топлаған филиал студентлеримиз кейинги шәртлерде де жүдә белсене қатнасты. Қуўанышлысы, таӊлаўдыӊ жуўмақлаўшы нәтийжесине көре, филиалдыӊ 3-курс 311-топар студенти Айзада Сарсенбаева 3-орынды ийелеўге мияссар болды. Сондай-ақ, 3-курс студентлери Венера Жолдасбаева ҳәмде Шахида Қарлыбаевалар белсене қатнасып, жоқары балл топлағаны ушын ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Таӊлаў жеӊимпазлары болса шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом менен сыйлықланды. Китапқумар студентлеримизди қутлықлаймыз ҳәм усындай таӊлаўларда және де белсене болыўға шақырып қаламыз.