Ижарада жасайтуғын студент-қызлардыӊ жағдайынан хабар алынды
Ижара үйлерде жасайтуғын студент-жаслардыӊ жағдайынан турақлы түрде хабар алып турыў, жасаў шараятлары менен танысып барыў ҳәр бир жоқары оқыў орныныӊ жуўапкерлери ушын әҳмийетли ўазыйпа болып саналғанындай, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да бул мәселеге үлкен жуўапкершилик пенен қаралады. Атап айтқанда, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова ижарада жасайтуғын студент-қызлардыӊ үйлерине барып, олардыӊ жағдайынан хабар алды.
Қызлардыӊ жасаў шараяты менен жақыннан танысып, үй тазалығын көзден өткерди. Биринши нәўбетте өрт қәўипсизлиги бойынша кеӊ түсиниклерди берип өтти. Буннан соӊ студент-қызлар менен ашық түрде сәўбетлесиў алып барып, оларды қыйнап атырған машқалалар, үй ийеси менен мүнәсибетлери ҳәм бос ўақытларын қандай тәризде шөлкемлестирип атырғанлығы бойынша сәўбетлести. Студент-қызларға тийисли көрсетпелер ҳәм мәсләҳатлерди берди.—Ата-ана ушын қыз баланыӊ тәрбиясы нәзик ҳәм жүдә әҳмийетли болып саналады. Сол себептен биз желкемиздеги жуўапкершилик жүгин жақсы сезинген ҳалда студент-қызлар менен турақлы түрде ашық сәўбетлесиў алып барамыз, оларды тыӊлаймыз. Әсиресе, студентлер турақ жайында ҳәм ижарада жасайтуғын қызлардыӊ үйлерине барып, хабар алып турыўға ҳәрекет қыламыз — дейди Г.Ешмуратова. Ижара үйде жасайтуғын студент-қызлардыӊ шараятлары менен жақыннан танысыў даўамында олар менен ашық сәўбетлесиў алып барылды.
скачать dle 12.1