SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал профессор-оқытыўшыларына ҳүрмет ҳәм итибар көрсетилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал профессор-оқытыўшыларына ҳүрмет ҳәм итибар көрсетилди
Филиал профессор-оқытыўшыларына ҳүрмет ҳәм итибар көрсетилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 1 октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышлап байрам кешеси жоқары кейпиятта болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығыныӊ орынбасары Қ.Пирназаров, филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлер ҳәм студент-жаслар қатнасты. Илажды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берип, Республикамыздағы барлық устазларды ҳәм филиалдыӊ профессор-оқытыўшыларын қутлықлады. Ол өз шығып сөйлеўинде «Оқытыўшы абыройлы кәсип екенлигин ҳәммемиз жүдә жақсы билемиз. Бул кәсип ийелерин қанша қәдирлесек те, сонша аз болып сезиле береди. Олардыӊ желкесинде келешегимиз ийелери болған жас әўладты тәрбиялаўдай әҳмийетли бир ўазыйпа бар» деп атап өтти. Байрам кешесине мийман сыпатында қатнасқан Қ.Пирназаров сөзге шығып, өзиниӊ жақсы тилеклерин билдирди. Қутлықлаўлардан кейин филиал профессор-оқытыўшыларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәмде филиал директоры тәрепинен бир қатар пидәйы оқытыўшыларға ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Рәсмий илажлардан соӊ байрам кешесиниӊ әдебий бөлими басланды. Филиалымыздыӊ шоқ жигит-қызларынан қуралған «Қарекеӊше онлайн» командасы тәрепинен таярланған қызықлы концерт бағдарламасы қойып берилди. Салтанатлы байрам кешеси жүдә жоқары кейпиятта болып өтти. Әсиресе устазлар ушын арнаўлы таярланған қосық бәршеге бирдей унады. Филиалымызда устазларға жоқары ҳүрмет көрсетиўге ҳәм оларды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылғанлығы және бир мәрте өз дәллийлин тапты.