Азанғы дене шынықтырыў жоқары кейпият бағышлайды
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студентлер турақ жайының 75 студенти таңғы денетәрбия менен шуғылланып, өзлеринде әжайип кейпият пайда етти. Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Ганиев ҳәм Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратовлар басламасы менен жатақхана студентлери азанда спорт пенен шуғылланып, азанғы дене шынықтырыў шынығыўларын иследи.
Таза ҳаўада азанғы дене тәрбия шынығыўларын өткериў инсан саламатлығы ушын жүдә пайдалы болып есапланады. Студент-жаслардыӊ иммунитети беккемлениўи менен бирге оларға таӊғы кейпият бағышлайды. Ерте турып спорт пенен шуғылланыў ҳәм дене шынықтырыў шынығыўларын ислеў инсанға күн даўамында күш ҳәм энергия береди.
Жатақхана студентлери позитив кейпият пенен шынығыўларды иследи. Студен-жаслар арасында ҳәмийше саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў мақсетке муўапық болады.
скачать dle 12.1