Универсиада ойынларыныӊ таӊлап алыў басқышларына старт берилди
Бәршемизге белгили, Жоқары оқыў орынлары студентлери ортасында Универсиада спорт жарысларыныӊ таӊлап алыў басқышлары өткерилмекте. Усы жылдыӊ 25-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Универсиада ойынларыныӊ Қарақалпақстан Республикасында таӊлап алыў басқышларына старт берилген еди. Күни кеше спорттыӊ волейбол түри бойынша еркеклер ортасында жарыс өткерилди. Бул жарыста Республикамыздағы ЖООлары қатарында Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студент-жасларынан қуралған командасы Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов ҳәмде дене тәрбия оқытыўшысы Қ.Уразбаев басшылығында белсене қатнасты. Ойын қызғын түрде болып өтти. Жоқары оқыў студентлери ортасында шөлкемлестирилген бул жарыс жуўмағында филиал студентлери өз умтылыўы менен 4-орынды ийелеўге мияссар болды. Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәмде олардыӊ спорт тараўына қызығыўшылығын және де арттырыўда усы сыяқлы жарыслар үлкен әҳмийет қурайды.
Филиал студент-жасларыныӊ усы тараў бойынша жетискенликлерге ерисиўи ушын қолай шәрт-шараятлар жаратылып келинбекте. Студентлер арасында өткерилген волейбол жарысында өзлерин унамлы тәрептен көрсетип, 4-орынды ийелегенлиги де буныӊ бир көриниси болып есапланады. Универсиаданыӊ таӊлап алыў басқышы даўам етип атыр. Филиал студентлери кейинги ойынларда да унамлы нәтийже көрсетиўин тилеп қаламыз.
скачать dle 12.1