Жатақханадағы студентлер менен сәўбетлесиў өткерилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова ҳәмде психолог М.Алламуратова студентлер турақ жайында жасап атырған жаслар менен ушырасып, сәўбет алып барды. Дәслеп, олар қызлар турған ханаларға кирип, шараятлары менен жақыннан танысып шықты. Олар менен ашық сәўбетлесиў алып барылып, Ҳаял-қызлар комитети ҳәмде психолог пенен биргеликте жумыс алып барыўы керек екенлиги түсиндирилди. СТЖдағы жигит-қызлар менен болып өткен сәўбетлесиў даўамында оларды қыйнап атырған ҳәр қандай машқаланы биргеликте унамлы шешиў, жатақханадағы кемшиликлерди имканияттан келип шығып сапластырып барыў ҳәмде өз орнында бул жерде туратуғын студентлердиӊ ўазыйпалары бойынша да айтып өтилди. Г.Ешмуратова студент-қызларға олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде ҳәр түрли илажлар, атап айтқанда аспазлық шеберлиги ҳәм басқа өнерлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр түрли қызықлы жарыслар шөлкемлестирилип барылыўы атап өтилип, қызларды белсене қатнасыўға шақырды.
—Сизлер бул жерде дерлик бир шаӊарақ болып жасап атырсыз. Сол себеп аўызбиршиликте бир-бириӊизге ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге ҳәрекет қылыӊ ҳәм тәртип-қағыйдаларға әмел қылыӊ. Әне сонда ата-анаӊыз, қалаберсе, бизлердиӊ де кеўилимиз қәтержам болады. Психолог ҳәм мен барқулла сизлер менен сәўбетлесиўге тайынбыз—деди Г.Ешмуратова. Сәўбетлесиў еркин тәризде болып өтти. Психолог М.Алламуратова студент-жаслардыӊ кейпиятын және де көтериў ушын қызықлы психологиялық шынығыўларды өткерди. СТЖныӊ студентлери менен өткерилген сәўбетлесиў даўамында барлық тийисли мәселелер айтып өтилди. Студент-жасларға толық түсиниклер берилди.
скачать dle 12.1