Студентлер «Автомобильсиз күн» акциясында қатнасты
Бәршемизге белгили, 1995-жылдан баслап дүньяныӊ көплеген қалаларында 22-сентябрь—Халықаралық автомобильсиз ҳәрекетлениў күни сыпатында белгиленеди. Усы сәне мүнәсибети менен бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында «Автомобильсиз күн» акциясы болып өтти. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студент-жаслары топар тьюторлары басшылығында усы акция шеӊберинде веломарафонда белсене қатнасты. Транспорт қураллары биз инсанлардыӊ узағын жақын қылыўы менен бирге атмосферамыздыӊ техникалық патасланыўына да хызмет қылыўы бәршемизге белгили. Сол себепли, Батыс мәмлекетлери, атап айтқанда Францияда автомобильден көре велосипед ҳәмде скутерлерде жүриў пайдалы есапланады. Қоршаған-орталықтыӊ патасланыўыныӊ алдын алыўда көбирек пияда ямаса велосипедде жүриў усыныс етиледи. Себеби, бул бизиӊ саламатлығымызға да пайдалы.
— Бүгинги өткерилип атырған акциядан гөзленген тийкарғы мақсет жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеӊ түрде ен жайдырыў ҳәм экологиялық мәдениятты қәлиплестириўден ибарат. Биз де белсендилер қатарында саламатлық ушын пайдалы болған усы сыяқлы илажларды қоллап-қуўатлаймыз ҳәмде студентлер қатнасын тәмийинлеп барыўға шын кеўилден ҳәрекет қыламыз—дейди тьюторлардан бири А. Бекмуратов. Студентлер де автомобильсиз ҳәрекетлениўди қоллап-қуўатлаған ҳалда «Автомобильсиз күн» акциясында ықтыярлы түрде қатнасты.
скачать dle 12.1