Студентлер «Фермерлер мектебинде»де билим ҳәм көнликпелерге ийе болды
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студент-жаслары Агробанк тәрепинен өткерилген «Фермерлер мектебинде»де өз билимлерин беккемледи. Атап айтқанда, 2-курс 201-топар, 1-курс 22-08-топар студентлери тьюторлар Ж.Мамбетниязов ҳәм А.Баймуратовлар басламасы менен «Фермерлер мектеби» жойбары тийкарында тараў бойынша керекли мағлыўматларға ийе болды. Студент-жасларға қәнигелер тәрепинен дийқаншылықтыӊ тарийхы, жерден қалайынша үнемли пайдаланыў, жер салығын төлеў тәртиби ҳәм басқа салықлар ҳаққында ҳәмде азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша пайдалы мағлыўматлар берилди.
Соныӊ менен бирге олар аўыл хожалығы тараўы бойынша исбилерменлик көнликпелери ҳәм заманагөй технологиялардан пайдаланыў усыллары бойынша билимлерге ийе болды. Филиал студент-жасларыныӊ усы «Фермерлер мектебинде»де тыӊлаўшы сыпатында қатнасыўы оларға тараў бойынша, қалаберсе, бизнести баслаў ҳәм жүритиў бойынша заманагөй билимлерди алыў ҳәм көнликпелерге ийе болыў имканиятын береди. Соныӊ менен бирге студентлерге шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары берилди.
скачать dle 12.1