Жатақхана студентлери арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди
Алдын хабар бергенимиздей, жаӊа оқыў жылы басланыўы менен студент-жасларды филиал жатақханасына жайластырыў жумыслары басланған еди ҳәм ҳәзирги күнде барлық студентлер толық жайластырылды. Студентлер турақ жайында жасайтуғын студентлерге қолай шәрт-шараятларды жаратыў менен бирге, олардыӊ руўхый-интеллектуаллық потенциялын және де арттырып барыў ҳәмде бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестирип барыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, күни кеше жатақхана студентлери арасында«Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылы бөлими баслығы А.Сейткамалов кирис сөзи менен ойынды ашып берди ҳәмде директор мәсләҳатшиси З.Сапарбаев пенен биргеликте барлық қатнасыўшы командаларға әўмет тиледи. Усы «Заковат» интеллектуал ойынында жатақхана студентлеринен қуралған жәми 6 команда қатнасты. Ойын даўамында студентлердиӊ зейинин шынықтырыў ҳәм соныӊ менен бирге билимлерин беккемлеў мақсетинде жүдә қызықлы логикалық сораўлар берилди. Қатнасыўшыларда белсене қатнасыўға тырысты. Жатақхана студентлери арасында өткерилген «Заковат» интеллектуал ойыны күтилгенинен көре мазмунлы тәризде болып өтти. Жуўмақлаўшы нәтийжелерге тоқталып өтетуғын болсақ, «Жаслар» командасы ҳәр тәреплеме белсендилик көрсетип, 1-орынды ийелеўге еристи. «Фемида» командасы 2-орынды ийелеген болса, 3-орын «Туран» командасына несип етти. Жеӊимпаз командалар диплом менен сыйлықланды. Жатақхана студентлери арасында усы сыяқлы қызықлы ойын ҳәм жарыслар шөлкемлестирилип барылыўы атап өтилди. Тийкарғы мақсет болса студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериўине имканият жаратып бериўден ибарат.
скачать dle 12.1