SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIЭкстремизм ҳәм терроризм қәўип-қәтерлериниӊ алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Экстремизм ҳәм терроризм қәўип-қәтерлериниӊ алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилди
Экстремизм ҳәм терроризм қәўип-қәтерлериниӊ алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилди
Студент-жаслар арасында Экстремизм ҳәм терроризм менен байланыслы қәўип-қәтерлердиӊ алдын алыў ҳәм диний тараўда әмелге асырылып атырған мәмлекет сиясаты бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў әҳмийетли болып саналады. Буларды инабатқа алып отырып, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында усы тема шеӊберинде ушырасыў шөлкемлестирилди. Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов ушырасыўды ашып берди ҳәм алып барды.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мусылманлар қазыяты, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Т.Досымбетова, Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойыншакомитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигелери Б.Айымбетова, Ш.Матякупова ҳәм Қ.Низаматов, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүрес басқармасы хызметкери М.Шаниязов, директор мәсләҳатшиси З.Сапарбаевлар сөзге шығып, мәмлекетимизде экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүрес бойынша алып барылып атырған ис-илажлар ҳәмде жасларды терроризм менен байланыслы қәўип ҳәм қәтерлерден турақлы түрде сергек болыўға шақырыў зәрүр екенлиги туўралы атап өтти. Ушырасыў даўамында диний тараўда әмелге асырылып атырған мәмлекет сиясатына айрықша итибар қаратылды. Филиал студент-жасларына тараўдыӊ тийисли қәнигелери тәрепинен ушырасыў темасы бойынша кеӊ түсиниклер берилди.