1-курс студентлерге психолог хызмети бойынша мағлыўмат берилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ психологы М.Алламбергенова 1-курсқа қәдем қойған студент-жаслар менен сәўбетлесиў алып барып, оларға жоқары оқыў орынларындағы психологлардыӊ социаллық-психологиялық хызмети ҳәм психологиялық хызмет түрлери бойынша мағлыўматлар берди. Бул илажларда Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова ҳәм топар тьюторлары белсене қатнасты. 1-курс студентлери арасында өткерилген өз-ара сәўбетлесиў даўамында оларға дәслеп филиалдыӊ ишки-тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары бойынша түсиник берилди. Жоқары оқыў орынларында психолог хызмети шөлкемлестирилиўинен гөзленген тийкарғы мақсет неден ибарат екенлиги ҳәмде бүгинги күнде ерисилип атырған нәтийжелери туўралы сөз етилди. Филиал психологы студент-жаслар менен турақлы түрде байланыс орнатып, ҳәр бир студенттиӊ индивидуал психологиялық қәсийетин үйренип, турақлы түрде руўхый жағдайынан хабардар болып барыўы оныӊ тийкарғы ўазыйпаларынан бири екенлиги атап өтилди. Студентлер арасында руўхый машқалалар жүзеге келгенинде оларға жәрдем көрсетип, түскинлик гирдабынан тартып алыў тикеллей психолог хызметине жатыўы мысаллар менен баян етилди. Ҳәр қандай машқала биргеликте сапластырылса ямаса алды алынса унамлы нәтийже бериўи анық. Әйне соныӊ ушын филиалымызда психолог пенен студентлердиӊ тығыз түрде бирге ислесиўи жақсы жолға қойылған. Өз-ара жақсы сәўбет, қарым-қатнас инсанды ҳәр қандай түскин кейпияттан алып шығыўы мүмкин. 1-курс студентлериниӊ барлық топарлары менен усы тәризде сәўбетлесиў алып барылып психолог хызмети ҳәм оныӊ искерлиги бойынша толық түрде мағлыўматлар берилди. Соныӊ менен бирге М.Алламуратова студент-жасларға өзин жақыннан таныстырып, алдыӊғы ўақытта биргеликте жумыс алып барыў тийис екенлигин атап өтти. Студентлер тема шеӊберинде кеӊ түсиниклерге ийе болды.
скачать dle 12.1