Студент болыў үлкен мақсетлеримнен бири еди
Бәршемизге белгили 2022—2023-оқыў жылы ушын 190 мыӊнан зыят абитуриент студентликке қабылланды. Булар қатарында мениӊ де бар екенлигим мени қалаберсе, ата-анамды үлкен қуўанышқа бөледи. Шын кеўилден тырысып, оқып-изленгеним өзиниӊ унамлы нәтийжесин берип, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым.
Усы оқыў орныныӊ студенти болыў еӊ үлкен мақсетлеримнен бири еди ҳәм бул мақсетиме ерисиўдиӊ негизинде кейинги жылларда мәмлекетимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған изшил реформалар ҳәм жаслар ушын жаратылған кеӊ имканиятлар жатыр деп билемен.
Жақында Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев тек ғана Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларына өз алдына 6,5 мың қабыллаў квоталарын енгизилиўин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектен тыс 34-сессиясындағы шығып сөйлеўинде атап өтти. Бул болса әлбетте, студент болыўды арзыў еткен ҳәр бир қарақалпақ жасларына және де мотивация бағышлайды. Студентлер қатарына еӊ жоқары балл менен қабыл етилгенлигим қуўанышыма және де қуўаныш бағышлаўы менен бирге, желкеме үлкен жуўапкершилик жүклейди.
Енди мен студент деген атқа мүнәсип болған ҳалда, өз тараўым бойынша билимлерди тереӊ өзлестирип, ата-анам ҳәм устазларымныӊ исенимин әлбетте ақлаўым тийис. Президентимиз атап өткениндей, Жаӊа Өзбекстанды қурыўда үлкен күш болған жаслар қатарында екенлигимди ядымда сақлаўым ҳәм тырысқақлық бабында өзимди көрсетиўим керек. Өзим таӊлаған жоқары оқыў орныныӊ бахытлы студенти сыпатында жаӊа оқыў жылында қатарласларымменен университет босағасына биринши мәрте қәдем қойғанымда жүрегимде әллеқандай өзгеше бир толқынланыў, қорқыў ҳәм қуўаныш сезимлери араласып кеткенлигин сезиндим.
Бакалавриаттыӊ күндизги билимлендириў түри бойынша жәми 225 стдуент қабыл етилген болса, филиал директоры, биология илимлери докторы, доцент Есимбетов Адилбай Тлепович ҳәмде филиал оқытыўшылары биринши күннен баслап бизлерди ашық жүз бенен күтип алды. Билимлер күнине бағышлап концерт бағдарламасы қойып берилди.
Бул жерде студентлер жетик билим алыўы ушын зәрүр болған барлық шәрт-шараятлар жаратылғанлығын көрип, таӊлаўым жүдә дурыс болғанлығына исенимим артты. Бул жердиӊ унамлы атмосферасын дәрҳал сезине алдым. Мен ғәрезсиз елдиӊ бахытлы студентине айландым ҳәм өз алдыма және де үлкен мақсетлерди қойып, оған ерисиў ушын сабыр менен тынымсыз ҳәрекет қылыўға ҳәм еӊ белсенди студентлер қатарында болыўға ўәде беремен! Заманагөй билимлерди тереӊ өзлестирип өз тараўымныӊ жетик қәнигеси болыўға умтыламан.
Сабира Муратбаева,
филиалдыӊ 1-курс студенти
скачать dle 12.1