SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIМениӊ студентлик бәндиргим » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Инсан өзи арзыў еткен қалыс нийетине жеткен пайтында шадлығы толып-тасып, аспанларға пәрўаз етеди. Тест жуўаплары шығып, мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етилгенимди билгенимдеги мәўритлер бир өмирге ядыма мөрленип қалған болса керек. Буныӊ ушын мыӊ шүкиршилик етемен. Енди мен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси қәнигелигиниӊ 1-курс студентимен. Қәлбимде кешип атырған сезимлерди сөз бенен баян ете алмайман.
Қараөзек районынан пайтахтқа келип, оқыўға ҳүжжетлеримди тапсырмастан алдын ата-анам менен ойласып, усы оқыў орнын биргеликте таӊладық. Себеби, бул дәргайдыӊ ашылғанлығына еле көп ўақыт толмағанлығына қарамай, бир жас усы жерде оқыўды ҳәўес ететуғындай жетискенликлерге ерисип киятырғанлығы ҳәм Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары арасында өз орнына ийе болып үлгергенлиги айрықша итибарымды тартты. Жаӊа оқыў жылын баслап алғанымызда, биз студент-жаслар қунт пенен билим алыўымыз ушын жаратылған кеӊ шараятлар менен жақыннан танысып және де қуўанышқа бөлендим.
Ҳүрметли Президентимиздиӊ өз шығып сөйлеўлеринде биз жасларға билдирген үлкен исеними маған барқулла тасқын ғайрат бағышлайды. Сол себепли өз алдыма үлкен мақсетлерди қойып, келешекте елимиздиӊ раўажланыўына салмақлы үлесимди қосқым келеди. Мен жетип келген студентлик бәндиргиси арзыўларым ҳәм мақсетлеримниӊ әмелге асыўына жол ашып бериўине исенимим кәмил. Алдағы ўақытта меннен тек ғана жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланған ҳалда оқытыўшылар берген билимлерди пуқта өзлестирип, өз үстимде тынбай излениў ғана талап етиледи.
Ҳәзирги тез пәт пенен раўажланып атырған заманда жумыс бериўшилер жәҳән стандартларына сәйкес, заманагөй билимге ийе, бәсекилес кадрларды жумысқа алыўды қәлейди. Билим бериў сапасы артып барған сайын талап та соған жараса жоқарылай береди. Мине усыларды инабатқа алып оқыў дәргайлары да заман менен теӊ қәдем басыўға үйренип атыр. Билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибардыӊ гүўасы болыў ҳәм оныӊ бир бөлегине айланыў адамды шексиз бахытқа бөлейди екен.
Мен таӊлаған оқыў орны бизге заманагөй билим ҳәм көнликпелерди бере алыўына исенемен. 2022-2023-оқыў жылы ушын студентликке қабыл етилгенлердиӊ 39 962си мәмлекетлик грант тийкарында билим алыў бахтына мияссар болды. Күндизги билимлендириў түри бойынша 118 352 абитуриент студент сыпатында оқыўға кабыл етилди. Санларға итибар берип қарасақ, өткен 2021-2022-оқыў жылына салыстырғанда артқанлығын көремиз. Бул болса мәмлекетимизде жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў көрсеткиши асып атырғанлығын дәлийллейди.
Мен жасларға айрықша итибар қаратылған усындай абат елдиӊ бахытлы студентине айланғанымнан жүдә қуўанышлыман. Өзимниӊ қойныма сыймай атырған бул үлкен қуўанышымды өзимниӊ, қалаберсе Республикамыз жасларыныӊ сүйип оқыйтуғын «Қарақалпақстан жаслары» газетасы арқалы өзим сыяқлы студент болыў бахытына мияссар болған досларым менен бөлиским келди. Жоқары оқыў орныныӊ студентлерин жаӊа оқыў жылы менен қызғын түрде кутлықлап, оқыўларында тасқын табыслар тилеп қаламан.