SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудент-жаслар жатақханаға әдалатлы тәризде жайластырылмақта » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Бәршемизге белгили, жаӊа оқыў жылы басланыўы менен алыс ўәлаятлардан ҳәм районлардан келип билим алатуғын студентлер ушын турақ жай машқаласы пайда болады. Ата-аналар ҳәм студентлер пайтахтқа келип, бул мәселеге шешим табыўында әлбетте ЖООларыныӊ жуўапкерлери белсендилик көрсетип, оларды жатақхана менен тәмийнлейди.
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да студент-жаслар студентлер турақ жайына әдалатлы түрде жайластырылмақта. Бунда арнаўлы комиссия жатақханаға жайласыў тилегин билдирген студентлердиӊ шараятларын жақыннан үйренип, әдалатлы жандасыўды тәмийинлемекте. Филиалда 75 орынға мөлшерленген 1 студентлер турақ жайы бар. Жаӊа оқыў жылы басланыўы алдынан ўәлаятлардан ҳәм алыс районлардан келген студентлерди жатақханаға жайластырыў жумыслары филиал директоры тәрепинен қадағалаўға алынды. Ҳәзирги ўақытта 62 студент тәртипли тәризде студентлер турақ жайына жайластырылды. Еки қабаттан ибарат жатақхана барлық заманагөй қолайлықларға ийе ҳәм студентлер ҳеш қандай машқаласыз билим алыўы ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўи ушын шараятлар жаратылған. Студентлерди әдалатлы тәризде жайластырыўда олардыӊ шараятлары ҳәр тәреплеме үйренилди ҳәм жуўмақ шығарылды. Атап айтқанда, нәгиранлығы болған, кем тәмийинленген, жетим ҳәм «Темир дәптер» ге киргизилген студент-жаслар ҳеш қандай машқаласыз жайластырылды.Мағлыўмат орнында, 2023-жылға шекем мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 400 орынлы студентлер турақ жайы қурылыўы режелестирилген ҳәм усы арқалы филиал студентлерин жатақхана менен тәмийинлеў пайызын асырыў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.