SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIЖаӊа оқыў жылыныӊ басланыўына бағышланған илаж болып өтти » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Жаӊа оқыў жылыныӊ басланыўына бағышланған илаж болып өтти
Барлық жоқары оқыў орынларында жаӊа 2022-2023-оқыў жылы жоқары кейпият пенен басланды. Бүгин 6-сентябрь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Жаӊа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында жаӊа оқыў жылыныӊ басланыўына бағышланған илаж болып өтти.
Филиал директоры Есимбетов Адилбай Тлепович илажды кирис сөзи менен ашып берип, ҳәммени Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамы ҳәмде билимлер күни менен қызғын түрде қутлықлады. Соныӊ менен бирге бул илажда Қарақалпақстан РеспубликасыВетеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығыныӊ орынбасары Қ.Пирназаров, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети «Ветеринария профилактикасы ҳәм емлеў иси»факультетиниӊ деканы, Ветеринария илимлери докторы,профессор Х.Ниёзов, аўыл хожалығы илимлери кандидаты, доцент Р.Рузимкулов ҳәм ата-аналар сөзге шығып, усы жылы студентлик бахтына мияссар болған жасларды қызғын түрде қутлықлады ҳәм соӊғы жылларда жоқары билимлендириў тараўында жүз берип атырған жетискенликлерге тоқталып өтти.
Илаж даўамында кириў имтиханларында еӊ жоқары балл топлаған студентлерге «Студентлик гүўалығы» филиал директоры тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылды. Жаӊа оқыў жылыныӊ басланыўына бағышланған байрам илажы студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти. Үлкен мақсетлер менен университет босағасына биринши мәрте қәдем қойған жасларды жаӊа оқыў жылы менен қутлықлаймыз ҳәм олардыӊ оқыўларында үлкен табыслар тилеймиз!