SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиалда таза оқыў жылына старт берилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Бүгин мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларында таза 2022-2023-оқыў жылы басланды. Атап айтқанда, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да жаӊа оқыў жылына старт берилди. Студентликке дәслепки қәдемлерин қойып атырған жаслардыӊ қуўанышы ҳәм толқынланыўы көзлеринде сәўлеленбекте. Студентлер ушын «Ғәрезсизлик сабағы» шөлкемлестирилди.
Филиал директоры Адилбай Есимбетов 1-курс студентлерди қызғын түрде қутлықлап, «Жаӊа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» темасында «Ғәрезсизлик сабағы»н өтти. Соныӊ менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниӊ баслығы М.Қайпанов ҳәмде Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Инвестиция ҳəм сыртқы саўда министри Б.Хабибуллаев қатнасыўында «Ғәрезсизлик сабағы» шөлкемлестирилди.
Олар өз шығып сөйлеўинде мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылған кеӊ көлемли реформалар ҳәмде жоқары билимлендириў ҳәм ветеринария ҳәм шарўашылық тараўындағы табыслар ҳаққында тоқталып өтти. Барлық студент-жасларды таза оқыў жылы менен қутлықлап қаламыз!