SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Бүгиннен баслап «Абитуриент руқсатнамасы»н бериў басланды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
Бүгиннен баслап «Абитуриент руқсатнамасы»н бериў басланды
Көпшилик абитуриентлердиӊ сораўына жуўап: Бүгиннен баслап «Абитуриент руқсатнамасы»н бериў басланды. Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдыӊ 8-август күни 2022-2023-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланады. Тест сынақларына старт берилиў ўақты мәлим болды. Хош, “Абитуриент руқсатнамасы”н бериў қашаннан басланады? 2022/2023-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларыныӊ бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўға кириў ушын онлайн дизимнен өткен абитуриентлерге бүгин, яғный 4-август сәнесинен баслап «Абитуриент руқсатнамасы»н бериў басланды. Абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын «Абитуриент руқсатнамасы»н my.dtm.uz сайтына жеке идентификация номери ҳәмде паспорт сериясын киргизген ҳалда алыўлары мүмкин. ЕСЛЕТПЕ: Тест сынақлары 8-август сәнесинен басланыўын умытпаған ҳалда руқсатнамаларды 7-августке шекем жүклеп алыў мәслаҳат етиледи. Сондай-ақ, абитуриентлер тест сынақларына паспорт (ID-карта) ҳәм абитуриент руқсатнамасы менен келиўи керек. Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлер менен келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди. Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1