Тест сынақлары 8-август сәнесинен басланады
Көпшилик абитуриентлер ҳәм олардыӊ ата-аналарын тест сынақлары қашан басланыўы ҳаққындағы сораўлар қызықтырып атырған еди.
2022/2023-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары 2022-жыл 8-август сәнесинен басланады.
Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайыныӊ рәсмий телеграм каналында жәрияланды. Тест сынақлары стадион ҳәм қыябанларда өткериледи.
Тест сынақлары күнине 2-сменада өткерилип:
1-сменада 07:00 ден 10:00 ға шекем;
2-сменада 19:00 ден 22:00 ге шекем болып өтеди.
Тест сынақлары аймақлардағы абитуриентлер саны ҳәм тест сынақлары өткерилетуғын майданлар сыйымынан келип шығып 10 күннен 13 күнге дейин даўам етеди ҳәм 20-август күни жуўмақланады.
Тест сынағында қатнасыў ушын “Абитуриент руқсатнамасы”н бериў 4-август күнинен, яғный бүгиннен басланады.
Мағлыўмат ушын, өткен жылы, яғный 2021-2022-оқыў жылында жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары 2021-жыл 5-август сәнесинен басланған еди.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1