SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIТехникум питкериўшилери менен сәўбетлесиў қашан өткерилетуғынлығы мәлим болды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Техникум питкериўшилери менен сәўбетлесиў қашан өткерилетуғынлығы мәлим болды
Техникум питкериўшилери менен сәўбетлесиў қашан өткерилетуғынлығы мәлим болды
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалына техникум питкериўшилерин оқыўға қабыллаў бойынша өткерилетуғын сәўбетлесиўдиӊ болып өтетуғын ўақты менен танысыӊ! Бәршемизге белгили, Ҳүкимет қарары менен тастыйықланған тийисли Нызам бойынша техникумларды табыслы тамамлаған питкериўшилерди жоқары оқыў орынларына сәўбет тийкарында 2-курстан баслап оқыўға қабыл қылыў тәртиби белгиленген. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында болып өтетуғын сәўбетлесиў процесслериниӊ графиги төмендегише: Билимлендириў бағдары: Зооинженерия (түрлер бойынша) (өзбек топары) өткерилетуғын ўақты: 15-август саат 09:00 де. Билимлендириў бағдары: Зооинженерия (түрлер бойынша) (қарақалпақ топары) өткерилетуғын ўақты: 15-август саат 12:00 де. Билимлендириў бағдары: Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси (өзбек) өткерилетуғын ўақты: 15-август саат 14:00 де. Билимлендириў бағдары: Ветеринария медицинасы (өзбек) өткерилетуғын ўақты:16- август саат 09:00 де. Билимлендириў бағдары: Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси (қарақалпақ) өткерилетуғын ўақты:16-август саат 15:00 де. Билимлендириў бағдары: Ветеринария медицинасы (қарақалпақ) өткерилетуғын ўақты: 17-август саат 09:00 де. Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Утепов көшеси 31 үй 1-бина 206-хана Қосымша мағлыўмат ушын +99893 920-02-29