Дәслепки қарлығашларға диплом тапсырылды
Усы жылдыӊ 20-июль күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 2021-2022-оқыў жылы питкериўшилерине дипломлар тапсырылды.
Ветеринария медицинасы, Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик), Зооинженерия (балықшылық) қәнигеликлери бойынша билим алған жәми 36 студент дипломға ийе болды.
Филиал директоры Адилбай Есимбетов сөзге шығып, филиал тарийхындағы дәслепки питкериўшилерди қызғын түрде қутлықлап, келешекте оларға үлкен табыслар тиледи.
—Биз дәслепки адымларымызды сизлер менен бирге таслаған едик. Мине көзди ашып жумғанша, арадан 4 жыл өтип, дәслепки қарлығашлар сыпатында қанат жазыўға тайын турыпсыз. Әлбетте, ҳәр бириӊиз Республикамызда Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўыныӊ раўажланыўына өзиӊиздиӊ мүнәсип үлесиӊизди қосыўыӊызға үлкен исеним билдиремиз — дейди Адилбай Есимбетов.
Филиал тарийхында биринши қарлығашлар болып мөрленип қалатуғын бул жаслардыӊ пәрўазы бәлент болыўына исеним билдирип қаламыз!






Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1