SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал студент-жаслары Самарқанд қаласында өткерилген Жаслар форумында қатнасты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал студент-жаслары Самарқанд қаласында өткерилген Жаслар форумында қатнасты
Филиал студент-жаслары Самарқанд қаласында өткерилген Жаслар форумында қатнасты
Таяныш оқыў орнымыз Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетинде «Жаӊа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында өткерилген Жаслар форумында филиал студентлери белсене қатнасты. Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Ганиев ҳәм директор мәсләҳатшиси З.Сапарбаев басшылығында бир топар студентлер жер бетиниң маржаны деп тәрийп берилген Самарқанд қаласына барып, Жаслар форумында қатнасты. Филиал делегациясы шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип тәризде күтип алынды. Жаслар форумына 28-июнь күни старт берилди. Форум шеӊберинде ҳәр түрли таӊлаўлар, жойбарлар ҳәм ушырасыўлар, спорт жарыслары шөлкемлестирилди. Филиал студент-жаслары бул илажларда белсене қатнасты. —Самарқанд қаласы ҳәм миймандос халқы бизди қушақ ашып күтип алды. Форум шөлкемлестириўшилери тәрепинен барлық шөлкемлестириўшилик жумыслары жоқары дәрежеде әмелге асырылды. Жаслар күни байрамы қарсаӊында филиал студент-жаслары ушын усы форум ҳақыйқый байрам кейпиятын бағышлады. Өз орнында Өзбекстан Республикасы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәмде таяныш оқыў орнымыз Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетине айрықша миннетдаршылығымызды билдирип қаламыз—дейди С.Ганиев. Филиал студент-жаслары Университет студентлери басшылығында оқыў бинасы, лабораториялар ҳәм тарийх музейинде болып, жақыннан танысты. Форум қатнасыўшыларыныӊ алған тәсирлери бир дүнья екенлиги анық. Таӊлаўлар ҳәм спорт жарысларында қатнасыў менен шекленип қалмай, студентлер Самарқанд қаласыныӊ тарийхый орынларына саяхат қылды.