СамМВМШБУ Нөкис филиалында “Call-center” хызмети шөлкемлестирилди
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 2022-2023-оқыў жылы қабыллаў процесслери бойынша абитуриентлер ҳәм олардыӊ ата-аналарын қызықтырған сораўларға ҳәм мүрәжатларына оператив түрде жуўап бериў ҳәмде керекли мағлыўматларды берип барыў мақсетинде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Call-center” хызмети шөлкемлестирилди.
“Call-center” арқалы ҳүжжетлер қабыллаўы процесси бойынша зәрүр болған мағлыўматлар менен турақлы тәризде танысып барыў имканияты жаратылды. Мүрәжатларға жуўап бериў мақсетинде шөлкемлестирилген бул хызмет түринен барлық абитуриентлер ҳәм олардыӊ ата-аналары пайдаланыўлары мүмкин.
Қабыллаў менен байланыслы сораўларға ҳәм мүрәжатларға “Call-center” арқалы толық тәризде жуўап алыўыӊыз мүмкин!
Төмендеги телефон номерлерге мүрәжат етиўиӊиз мүмкин:
☎️ +99861 224-73-03
☎️ +99861 224-74-80
☎️ +99894 908-83-83
☎️ +99891 301-88-83
☎️ +99893 775-75-76
☎️ +99897 353-52-28
“Call-center”диӊ жумыс ўақты:
саат 8:00 ден 18:00 ге шекем
2022-2023-оқыў жылы қабыллаў процесслери бойынша қосымша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтымыз ҳәмде социаллық тармақларымыз арқалы бақлап барыўыӊыз мүмкин.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1