SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Сергек болыӊ, өмириӊизди қәўипке қоймаӊ!» темасында илаж шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Ҳәммемизге белгили, 26-июнь 26-июнь-«Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни» сыпатында белгиленип келинбекте. Жақынласып киятырған сәне мүнәсибети менен филиал студент-жаслары арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў мақсетинде «Сергек болыӊ, өмириӊизди қәўипке қоймаӊ!» темасында илаж шөлкемлестирилди. Усы илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлиги хызмети оператив хызметкери С.Бешимов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят қыдырыў басқармасы үлкен оператив ўәкили З.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСна қарсы гүресиў орайы шыпакери Г.Гаипова, Қарақалпақстан Республикасы Наркология орайы нарколог шыпакери Р.Атаназаров, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Ганиев, директор мәсләҳатшиси З.Сапарбаев ҳәмде хызметкерлер қатнасты. С.Ганиев илажды ашып берди ҳәм алып барды. Илаж даўамында ушырасыў мийманлары сөзге шығып, биз әсир обасы деп қорқыныш пенен тилге алатуғын нәшебентлик дәртине көпшилик жағдайларда 30 жасқа шекем болған инсанлар жолығыўы, дүньяда ҳәр жылы қанша адамлар оныӊ гирдабына түсип өзлериниӊ бахытлы турмысына сая салып атырғанлығы ҳәм оған қарсы гүрес алып барыў ушын әсиресе жасларымыз руўхый жақтан жетик болыўы керек екенлиги ҳаққында тоқталып өтти. Қәнигелер тәрепинен студент-жасларға керекли мағлыўматлар ҳәм мәсләҳатлер берилди. Илаж қатнасыўшылары бүгинги тема бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.