Гирбиӊсиз балаларға саўғалар тапсырылды
Бүгин 1-июнь–Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы директоры Адилбай Есимбетов басшылығында филиал хызметкерлериниӊ перзентлерине байрам саўғалары тапсырылды. Бунда Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими ҳәмде кәсиплик аўқамы шөлкеми шөлкемлестириўшилик көрсетти. Әжайип байрам мүнәсибети менен филиалда хызмет көрсетип атырған исши-хызметкерлердиӊ кишкене балаларына шадлық ҳәм байрам кейпиятын инәм етиў мақсетинде шөлкемлестирилген илаж даўамында Адилбай Есимбетов сөзге шығып, бүгинги байрам менен барлық ата-аналарды ҳәмде балажанларды шын кеўилден қутлықлады. — Усындай мәўритлерде кишкене периштелердиӊ көзинде сәўлеленген шадлық ҳәм қуўаныш ҳәммемиздиӊ гирбиӊсиз балалық дәўирлеримизди еске салған болса әжеп емес —дейди Адилбай Есимбетов. Бир сөз бенен айтқанда, филиалда бүгинги күнниӊ кишкене қаҳарманлары ушын шын мәнисинде байрам атмосферасы жаратылды. Балалардыӊ бир ғана күлгисине дүньяларды берсеӊиз арзыйды. Үлкенлер тәрепинен өзлерине көрсетилген итибар ҳәмде саўғалар кишкентайларымызды жүдә қуўанышқа бөледи. Олардыӊ ата-аналары шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди. Илаж даўамында бәршемиз бир демге болса да сол қәлбимиз түбинде сақланып қалған гирбиӊсиз балалық дәўирлерге қайтып қалғандай болдық.
скачать dle 12.1