SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентимиз форум шеӊберинде өткерилген спорттыӊ армрестлинг түри бойынша жеӊимпаз болды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студентимиз форум шеӊберинде өткерилген спорттыӊ армрестлинг түри бойынша жеӊимпаз болды
Студентимиз форум шеӊберинде өткерилген спорттыӊ армрестлинг түри бойынша жеӊимпаз болды
Хабарыӊыз бар, пайтахтымыз Нөкис қаласында Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте «Бес баслама ҳәрекети, Нөкис – 2022» сүрени тийкарында форум шөлкемлестирилген еди. Усы форум шеӊберинде ҳәр түрли спорт түрлеринен жарыслар өткерилди. Қуўанышлысы, филиалымыздыӊ Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 3-курс студенти Д.Юлдашев спорттыӊ армрестлинг түри бойынша жеӊимпазлықты қолға киргизип, 1-орынды ийеледи. Бул студентимизди филиал директоры Адилбай Есимбетов жеӊис пенен шын кеўилден қутлықлап, диплом ҳәм медалды тапсырды. —Ғайратлы студентлеримиздиӊ умтылыўлары ҳәмде унамлы нәтийжелери барқулла маған мотивация береди. Олардыӊ спорт тараўында да белсенелик көрсеткенлиги болса мени және де қуўанышқа бөледи —дейди филиал директоры Адилбай Есимбетов. Мағлыўмат ушын, «Бес баслама ҳәрекети, Нөкис – 2022» сүрени тийкарында жоқары кейпиятта шөлкемлестирилген форумда спорт жарысларынан тысқары “Fashion night” модалар көргизбеси ҳәм “Билим ринг” интеллектуал ойыны да өткерилди. Филиал студентиниӊ өз қарсыласларын жеӊип, жеӊимпазлықты қолға киргизгени ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип тәризде сыйлықланғанлығы бизди де қуўанышқа бөледи.