Филиал жәмәәти Тахтакөпир районындағы питкериў кешесине қатнасты
Хабар бергенимиздей, филиал жәмәәти бүгин мектеплерде өткерилген питкериў кешесине белсене түрде қатнасты. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов ҳәмде Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратовлар Тахтакөпир районына барып, 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген соӊғы қоӊыраў кешесине қатнасты. Олар, сөзге шығып питкериўши жасларды бүгинги байрам менен шын кеўилден қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып жеткерди.
Қутлықлаўда: “Ҳеш қашан умытпаӊ, келешекте сизди үлкен ҳәм жуўапкершиликли шыӊлар күтпекте. Алдыӊызға анық мақсет қойып, бар күш-ғайратыӊыз, билим ҳәм потенциалыӊызбенен ҳәрекет қылсаӊыз, гөзлеген шоққыларға әлбетте ерисесиз”.-деген мазмундағы жасларға жақсы мотивация беретуғын гәплер келтирилген. Райондағы питкериў кешеси қызықлы тәризде өткерилди. Питкериўши жасларға студентлик бахтына ерисип, келешекте жоқары оқыў орынларын табыслы тамамлап елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қоса алатуғын кәмил перзентлер болып жетилисиў тилеклери билдирилди ҳәм әўметлер тиледи.



Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1