21 май–Китапханашылар күни
Усы жылдыӊ 21-май күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ Мәлимлеме –ресурс орайында «21 май–Китапханашылар күни» мүнәсибети менен “Китап оқыў руўхый дүньямызды байытады” атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти. Онда Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер қатнасты. Кешени филиал Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова кирис сөзи менен ашып берип, китап оқыў бизиӊ руўхый-интеллектуал потенциялымызды, ой-өрисимизди және де жетилистириўде ҳәм дүньяқарасымызды кеӊейтиўде үлкен әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында айтып, китапхана искерлиги ҳаққында тоқталды. Буннан соӊ Г.Ешмуратова сөзге шығып, бүгинги сәне мүнәсибети менен китапхана хызметкерлерин ҳәм бәрше қатнасыўшыларды қутлықлады. Илаж даўамында бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында Мәлимлеме-ресурс орайларыныӊ жумысларын және де жетилистириў, студент-жаслардыӊ китапқумарлық мәдениятын қәлиплестирип барыў әҳмийетли екенлиги, китап оқыў арқалы тереӊ билимлерди өзлестирип барыў мүмкинлиги ҳаққында сөз етилди. Сондай-ақ қалған қатнасыўшыларда шығып сөйлеп, китап оқыўдыӊ әҳмийети туўралы айтып өтти. Өзлериниӊ оқыған әдебий китапларыныӊ мазмуны менен таныстырып, оқыў ушын китаплар дизимин усыныс етти. Зийрек китапқумарлар усы тәризде китап оқыў бойынша бир-бири менен пикир алмасып, қайсы китапты оқыўды мәслаҳат етиўи жақсы нәтийже бериўи атап өтилди. 21 май–Китапханашылар күни мүнәсибети менен өткерилген илаж мазмунлы тәризде болып өтти ҳәм қатнасыўшылар өзлери ушын пайдалы болған мәслаҳатлерди алды.
скачать dle 12.1