Студентлер Хожели районында жайласқан тарийхый естеликлер менен танысты
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ «Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер» кафедрасыныӊ тарийх пәни оқытыўшысы Е.Сейтмуратов усы жылдыӊ 11 май күни Ветеринария ҳәм зооинженерия факультетиниӊ 1-курс 112-топар студентлерин көшпели сабақ шеӊберинде тарийхый орынлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Хожели районына алып барды. Ол жерде студентлер ушын Миздакхан археологиялық естеликлер комплексине саяхат шөлкемлестирилди. Е.Сейтмуратов саяхат даўамында студент-жасларға әййемги бай тарийхқа ийе Миздакхан археологиялық-архитектуралық комплекси үш төбешикте жайласқанлығы ҳәм ол өз ишине Гәўир-Қала, Шамун наби, Мазлумхан сулыў, Халифа Ережеп мақбараларын алатуғынлығын атап өтип, олардыӊ ҳәр бириниӊ тарийхы ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Өсип киятырған жас-әўладтыӊ бай өтмишимизге ҳәмде миллийлигимизге меҳир-мухаббатын ҳәм садықлығын және де беккемлеў, елимиздеги белгили тарийхый орынлар менен оларды жақыннан таныстырыў арқалы руўхый дүньясын байытып барыў жүдә әҳмийетли болып есапланады. Бүгинги көшпели сабақ шеӊберинде саяхатты шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсетте усы болып саналады. Студент-жасларға бул жердеги тарийхый мақбаралар ҳәм естеликлер ҳаққында фактлер тийкарында толық мағлыўматлар берип өтилди. Соныӊ менен бирге Миздакхан археологиялық-архитектуралық комплексиниӊ қызықлы тарийхы айтып берилди. Билемиз, халық арасында бул туўралы түрли варианттағы әпсана ҳәм рәўаятлар бар. Саяхатшылар тийисли мағлыўматларға ийе болыў менен бирге өзлери ушын унамлы тәсирлерди алды. «Бүгинги саяхат менде әжайип тәсир қалдырды. Оқытыўшымыз Е.Сейтмуратов тәрепинен бул жерде жайласқан тарийхый естеликлер туўралы қызықлы мағлыўматлар инәм етилди. Миздакхан археологиялық естеликлер комплекси ҳаққында көп еситетуғын ҳәм дереклерден оқып танысқан едим. Бүгин менде өз көзим менен көрип, жақыннан танысыў имканияты пайда болғанынан жүдә қуўанышлыман»-дейди усы топар студенти С.Рузимова. Бир сөз бенен айтқанда бул саяхат қызықлы ҳәм мазмунлы тәризде болып өтти.





Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1