SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIЖатақханада жасайтуғын қызлар менен саламат турмыс тәризи бойынша сәўбетлесиў алып барылды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Жатақханада жасайтуғын қызлар менен саламат турмыс тәризи бойынша сәўбетлесиў алып барылды
Жатақханада жасайтуғын қызлар менен саламат турмыс тәризи бойынша сәўбетлесиў алып барылды
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-қызлары арасында «Саламат турмыс тәризин енгизиў ҳәм қызлардыӊ жеке гигиенасы» темасында сәўбетлесиў шөлкемлестирилди. «Ветеринария» кафедрасыныӊ үлкен оқытыўшысы Д.Базарбаева ҳәмде филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен алып барылған сәўбетлесиў даўамында жатақханада жасайтуғын студент-қызларға саламат турмыс тәризине ҳәмде жеке гигиенаға әмел қылыў тәртиби, саламатлықты беккемлеў сырлары, узақ өмир көриў ушын инсан өз саламатлығына жүдә итибарлы болыў керек екенлиги айтып өтилди. — Биз күнделикли турмысымызда әпиўайы қағыйдаларды жаратыў арқалы өз ден саўлығымызды қадағалап бара аламыз. Саламат турмыс тәризин белгилеўши тийкарғы фактор инсанлардыӊ өзи болып саналады. Соныӊ ушын өз саламатлығымызға биринши нәўбетте өзимиз қайғырыўымыз тийис. Умытпаӊ, күнделикли турмыста жеп атырған тағамларымыз бизиӊ саламат турмыс тәризине бойсыныўымызды белгилеп береди. Ҳәр биримиз әлбетте, саламатлығымызды қайғырыўымыз керек —дейди Д.Базарбаева. Сондай-ақ, қызлардыӊ жеке гигиенасына байланыслы барлық керекли мағлыўматларды толық түрде келтирип өтти. Психолог М.Алламуратовада тема бойынша өз пикирлерин билдирип, турмыслық мысалларды келтирип өтти. Студент-қызлардыӊ қызығыўшылығын және де арттырыў ушын олар арасында психологиялық ойынларды шөлкемлестирди. Еркин тәризде болып өткен сәўбетлесиў даўамында студентлер турақ жайындағы қызлаға өз ханаларын, асхананы улыўма жатақхананы азада тутыў ҳәм жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў бойынша керекли мәсләҳатлер берип өтилди. Қызлар зәрүр мағлыўматларға ийе болыў менен бирге өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўапларды алды. Еӊ тийкарғысы жатақханада жасайтуғын қызлардыӊ ўақытлары мазмунлы тәризде өтти.