SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелиги алдына гүлшеңбер қойылды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелиги алдына гүлшеңбер қойылды
9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелиги алдына гүлшеңбер қойылды
Бәршемизге белгили, ҳәр жылы елимизде Еслеў ҳәм қәдирлеў күни кеӊ түрде белгиленеди. Усы жылдыӊ 7-май күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жәмәәти директор Адилбай Есимбетов басшылығында 9 май — Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдына гүлшеңбер қойды.
Бул илажда профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер, топар тьюторлары ҳәмде студент-жаслар қатнасып, аўызбиршилик пенен Екинши жәҳән урысында қурбан болғанлардың ҳүрметине гүлшеңберлерди қойды. Соныӊ менен бирге «Ўатансүйиўшилик бағы»на барып, әскерий техникалар ҳәм самолётлардыӊ макетлерин тамаша етти. Ата-бабаларымыздыӊ естелигин ҳүрметлеп мине усы сыяқлы илажларды шөлкемлестириў арқалы студент-жаслар санасына бүгинги пәраўан турмысымыз ушын саўаш майданында мәртлерше гүрескен қаҳарманларымыздыӊ яды муқаддес екенлигин сиӊидириў уллы мақсетимиз болып есапланады.