Қарақалпақ әдебиятының жарық жулдызлары туўылғанына 93 жыл толды
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында усы жылдыӊ 6-май күни Қарақалпақ әдебиятының жарық жулдызлары Ибрайым Юсупов ҳәмде Төлепберген Қайыпбергенов туўылғанына 93 жыл толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше өткерилди. Илажда мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова, ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов, «Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер» кафедрасы аға оқытыўшысы И.Халмуратов, Н.Қурбанбаева ҳәмде студент-жаслар қатнасты. А.Каниязов әдебий кешени ашып берди. Илаж даўамында И.Халмуратов, Н.Қурбанбаева ҳәмде З.Хожамуратовалар сөзге шығып, сүйикли жазыўшы ҳәм шайырымыздыӊ өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында тоқталып өтти. Бул еки дөретиўши де қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырып, ядымызға ҳәм қәлбимизге мөрленгенлиги айтып өтилди. — Ҳәр бир қарақалпақ шаӊарағыныӊ үйинде әлбетте Ибрайым Юсупов ҳәмде Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ қосықлар топламы ҳәм шығармалары бар екенлигине исенимим кәмил. Себеби, қарақалпақ перзентиниӊ әдебиятқа, китап оқыўға деген мухаббаты усы дөретиўшилердиӊ шығармаларынан басланады—дейди мәлимлеме хызмети баслығы З.Хожамуратова.
Сондай-ақ, илаж даўамында жазыўшы Т.Қайыпбергеновтыӊ «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы, «Қарақалпақнама» роман-эссеси ҳәм «Қарақалпақ қызы» шығармаларына айрықша тоқталып өтилди. И.Юсупов қосықларыныӊ тематикасы ҳәм бағдары бойынша мағлыўматлар берилди. Кешениӊ әдебий бөлиминде болса филиал студент-жаслары тәрепинен шайырдыӊ бир-биринен мазмунлы қосықлары айтылып, жазыўшыныӊ шығармаларынан үзиндилер келтирилди. Соныӊ менен бирге 2-курс студенти Мухаббат Наржанова тәрепинен таярланған видеоролик қойып берилди. Қарақалпақ әдебиятының жарық жулдызлары Ибрайым Юсупов ҳәмде Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ 93 жыллығы мүнәсип тәризде белгиленди.





Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1