Филиал студентлери «Сейит шарўа» шарўашылық фермер хожалығына барды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ Зооинженерия қәнигелиги 2-курс 209-топар студентлери "Зоогигиена ҳәм шарўашылық имаратларын жойбарластырыў" пәнинен әмелий сабақ шеӊберинде Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Сейит шарўа» шарўашылық фермер хожалығына барды. «Зооинженерия» кафедрасыныӊ ассистенти С.Абуов ҳәмде Г.Амановалар тәрепинен шөлкемлестирилген бул саяхат даўамында 209-топар студентлери шарўашылық ферма комплексиниӊ дүзилиси, жайласыў орны, ол жерге қойылатуғын талаплар, қарамаллардыӊ бағылыў шараяты менен жақыннан танысты. — Студентлеримиздиӊ әмелий сабақ даўамында фермер хожалықларына барып, ол жердиӊ шараяты менен жақыннан танысыўы, оларда тема бойынша толық түсиниклердиӊ қәлиплесиўине имкан жаратып береди. Сонлықтан, кафедрамыз оқытыўшылары усы сыяқлы саяхатларды шөлкемлестирип барады. Әлбетте, мақсетимиз буныӊ унамлы нәтийжесин көриўден ибарат— дейди «Зооинженерия» кафедрасыныӊ баслығы А.Торешова. Соныӊ менен бирге студентлер «Сейит шарўа» шарўашылық фермер хожалығында бағылып атырған шарўа малларыныӊ азықланыўы, олар сақланып атырған орынныӊ зоогигиеналық талаплары, қарамалларға қалайынша күтим берилип атырғанлығы ҳәм оларды сақлаў шараяты менен жақыннан танысты. Кафедра оқытыўшылары тема бойынша студентлерди қызықтырған барлық сораўларға толық түрде жуўап берип барды. Студентлер Тахтакөпир районында болып, өзлериниӊ әмелий билим ҳәм көнликпелерин беккемледи.





Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1