SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIТопар тьюторлары ҳәм студентлер қатнасыўында семинар-тренинг шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ студент-жаслары қатнасыўында ННО «Истиқбол авлод» шөлкеми қәнигелери Т.Өтешов ҳәмде Н.Атамуратовалар тәрепинен семинар-тренинг өткерилди. Топар тьюторларыныӊ басламасы менен студентлердиӊ ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм бүгинги тема бойынша олардыӊ билимлерин және де беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген семинар даўамында жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтыӊ алдын алыў, адам саўдасы, диний экстремизм, интернеттен дурыс пайдаланыў сыяқлы темалар шеӊберинде кеӊ түсиниклерге ийе болды.
Қәнигелер студент-жасларға жынаяттыӊ узын жолына кирип кетпеў, ҳәр түрли диний экстремистлик ағымлар тәсирине түсип қалмаў, интернет тармағындағы тек ғана рәсмий ҳәм қалыс мәлимлеме тарқататуғын сайт ҳәм телеграм каналлардан пайдаланыў бойынша мәслаҳатлерди берип өтти. Сондай-ақ оларды көбирек китап оқыўға ҳәм оқытыўшылары тәрепинен берилген билимлерди тереӊ өзлестирип барыўға шақырды. Семинар қатнасыўшыларын және де қызықтырыў мақсетинде темаға байланыслы ойынлар шөлкемлестирилди. Өз орнында студент-жасларда белсене қатнасыўға ҳәрекет қылды. Еӊ тийкарғысы қатнасыўшылар сөз етилген темалар шеӊберинде пайдалы ҳәм зәрүр мағлыўматларға ийе болды.