SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Жаслар арасында жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң алдын алыў» темасында ушырасыў өткерилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » «Жаслар арасында жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң алдын алыў» темасында ушырасыў өткерилди
«Жаслар арасында жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң алдын алыў» темасында ушырасыў өткерилди
Усы жылдыӊ 20-апрель күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында «Жаслар арасында жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң алдын алыў» темасында ушырасыў болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме топар аға инспекторы, майор Д.Елмуратов, баспасөз хызмети киши инспекторы Т.Қурбанбаев, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы киши инспекторы Т.Өтемуратов, директор мәслаҳатшиси З.Сапарбаев,Жаслар мәселелери ҳәм руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Ганиев, Жаслар менен ислесиў руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илажды С.Ганиев ашып берип, ушырасыў мийманларын қатнасыўшылар менен таныстырып өтти. Буннан соӊ Д.Елмуратов шығып сөйлеп, Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында усы жылдыӊ 11- февраль күни жолларда инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў ис-илажлары бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында айрықша тоқталып өтти. Студент-жасларға жол-транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыўдағы еӊ исенимли ҳәм нәтийжели усыл пиядалардыӊ жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаӊ түрде әмел қылыў екенлиги атап өтилди. Соныӊ менен бирге ушырасыў даўамында қәнигелер тәрепинен жүз берген жол жол-транспорт ҳәдийселери туўралы статистикалық мағлыўматлар келтирилди. Жол-транспорты менен байланыслы болған кеўилсиз ҳәдийселер ҳәм аянышлы ўақыялардыӊ алдын алыўда ҳәр биримиз тереӊ жуўапкершиликти сезинген ҳалда ҳәрекет қылыўымыз керек екенлиги атап өтилди. Илаж жуўмағында темаға байланыслы видеоролик қойып берилди ҳәм студент-жасларға тарқатпа материаллар берилди.