“Директор кубогы” спорт жарысларыныӊ жеӊимпазлары мүнәсип тәризде сыйлықланды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында студент-жаслар арасында спорттыӊ бир неше түрлери, атап айтқанда, мини футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат бойынша “Директор кубогы” спорт жарыслары болып өтти. Ҳәпте даўамында жоқары кейпиятта шөлкемлестирилген жарысларда студент-жаслар белсене қатнасты. Усы илаждыӊ жуўмақлаўшы бөлиминде финал басқышыныӊ жеӊимпазларын салтанатлы түрде сыйлықлаў мәресими болып өтти. Илажды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берип, кейинги жылларда мәмлекетимизде спорт тараўына айрықша итибар қаратылып, жаслар арасында спортты кеӊ ен жайдырыў ҳәм ғалабаластырыў әҳмийетли екенлиги ҳаққында айтып, шөлкемлестирилген жарыстыӊ әҳмийетине тоқталды.
–Студентлеримиздиӊ киши болса да, ерискен табыслары мени қуўанышқа бөлейди. Бул илажларда тырысқақлық пенен қатнасқанларды мүнәсип сыйлықлаўға ҳәрекет қылдық. Олар буннан жақсы мотивация алып, буннан былайда белсене түрде қатнасыўға умтылады–дейди Адилбай Есимбетов. Сыйлықлаў мәресими даўамында жеӊимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Соныӊ менен бирге ер балалар командалары арасында спорттыӊ мини-футбол түри бойынша Зооинженерия қәнигелиги 1-курс 112-топар студентлери, қызлар арасында болса волейбол бойынша 1-курс 113-топар студентлериниӊ командасы толық жеӊимпаз деп табылып. оларға салтанатлы түрде “Директор кубогы” тапсырылды.





Төменде сизлерди улыўма нәтийжелер менен таныстырамыз:
Шахмат (ер балалар ортасында )
1-орын –Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студенти М.Оралбаев
2-орын– Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 202-топар студетни Е.Нурмуханов
3-орын – Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 106-топар студенти А.Эргашалиев
Шахмат (қызлар арасында)
1-орын –Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 204-топар студенти Г.Еримбетова
2-орын– Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 109-топар студенти Б.Абдирахманова
3-орын – Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студенти Д.Давлетова
Стол тенниси (қызлар арасында)
1-орын–1-курс 103-топар студенти У.Бегалиева
2-орын– 2-курс 215-топар студенти У.Алиева
3-орын –1-курс 113-топар студенти А.Сагинова
Мини-футбол (ер балалар ортасында)
1-орын – Зооинженерия қәнигелиги 1-курс 112-топар студентлериниӊ командасы
2-орын– Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 203-топар студентлериниӊ командасы
3-орын– Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 208-топар студентлериниӊ командасы
Волейбол (қызлар арасында)
1-орын –1-курс 113-топар студентлериниӊ «Феникс» командасы
2-орын–2-курс студентлериниӊ «Тумарис» командасы
3-орын –2-курс «Бердақ ағаныӊ қызлары» командасы.
Улыўмаластырып айтқанда филиал студент-жаслары арасында өткерилген “Директор кубогы” спорт жарыслары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди ҳәм белсене қатнасқан студентлер мүнәсип тәризде сыйлықланды. скачать dle 12.1