Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллық байрамы илажы
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.
Илажды филиал директоры А.Есимбетов басқарып барды. Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан Халық жазыўшысы К.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы М.Байниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы менен қутлықлады ҳәм Тийкарғы Нызамымыздың инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.
Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Конституция миллетимиздиң мақтанышы, пуқаралардың ҳуқықларын белгилеп бериўши тарийхый ҳүжжет болып табылады. Себеби, ҳәр бир пуқараның миннети ҳәм ўазыйпалары Тийкарғы Нызамымызға тийкарланады. Сонлықтанда ол елимизде нызам үстинлигин, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң кепили болып табылады. Бәршемиз ушын әҳмийетли болған Конституциямыздың қабыл етилиў тарийхы, оның мазмун-мәниси бойынша кең түрде түсиник берилди.
Илаж қатнасыўшылары өзллерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.







Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1