Спортшылар менен ушырасыў болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында спорт жарысларында Ўатанымыздыӊ абырайын мүнәсип қорғап киятырған спортшылар менен ушырасыў болып өтти. Онда қылышбазлық бойынша Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионаты жеӊимпазы, Азия ҳәм Жәҳән чемпионатлары жеӊимпазы, 2021-жыл Токио қаласында (Япония) болып өткен XXXII жазғы Олимпияда ойынларыныӊ қатнасыўшысы, Шерзод Мамутов, спортнинг каратэ түри бойынша Азия чемпионаты жеӊимпазы Исламбек Махсетов, қол тобы бойынша усы жылдыӊ 18-25-март күнлери Қазақстанныӊ Алма-ата қаласында өткерилген IX Азия чемпионаты жеӊимпазлары Сарбиназ Сапарбаева ҳәмде Шахло Абыллаевалар, топар тьюторлары ҳәм студент-жаслар қатнасты. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов ушырасыўды ашып берип, кейинги жылларда мәмлекетимизде спорт тараўын және де раўажландырыў ҳәмде спортшыларымыз ушын барлық шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы ҳаққында сөз жүритти ҳәм келген мийманларды илаж қатнасыўшыларына таныстырып өтти.
Ушырасыў даўамында қаҳарманларымыз сөзге шығып, спорт тараўында усы күнге шекем ерискен нәтийжелери, бул тараўға кирип келиўине шекемги болған жол, тренерлери ҳәм жарысларға таярлық процесси ҳаққында айтып берди. —Саған билдирилген үлкен исенимди ақлаў жуўапкершилик ҳәм сабырды талап етеди— дейди спортшымыз Ш.Мамутов— Қылған ҳәрекетиӊе жараса унамлы нәтийжеге ерискен демлериӊде болса Ўатаныӊныӊ абырайын мүнәсип тәризде қорғаўда өз үлесиӊди қосқаныӊды жүректен сезиниў- бул сөз бенен жеткерип бериўге болмайтуғын уллы бахыт. Еркин сәўбетлесиў тәризинде өткерилген ушырасыў даўамында филиал студентлери өзлерине мотивация алыўы менен бирге үлкен нәтийжелерге ерисиўде нелерге итибар бериў керек екенлиги бойынша мәслаҳатлерге ийе болды. Ушырасыў жуўмағында болса мийманларға миннетдаршылық билдирилди.
скачать dle 12.1