Зооинженерлеримиз әмелиятта
Зоотехник заманагөй тилде зооинженер - аўыл хожалығы ҳайўанларын (сыйырлар жылқылар, қойлар, қуслар ҳәм басқалар) өршитип көбейтиў ҳәм раўажландырыў, олардан жоқары (максимал) дәрежеде өним (гөш, сүт, мәйек ) алыў ушын жуўапкер басқарыўшы қәниге болып табылады.
Ислеп шығарыўға келгенимизде – ҳайўанларға шынында да жақсы болыўы ушын жумысшы хызметкерлер - сүт саўыў машинасы операторлары механизаторлар ферма хызметкерлери белгиленген күн режимине қатаң әмел қылыўы зәрүр. Хош бизиң болажақ Зооинженерлеримиз әмелиятта нелерге итибар бермекте?
Филиалымыздың 3-курс Зооинженерия қәнигелиги студентлери ҳәзирги күнде теорияда алған билимлерин әмелиятқа енгизиў ҳәм сынаў мақсетинде Хожели районында жайласқан Проф бек Хожели ҳәм Нәсил хызмет жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде әмелият өтеп атыр. Бул жерде болажақ Зооинженерлеримиз аўыл хожалық ҳайўанларының өсиў ҳәм раўажланыўын, азықланыў рационларын, зоогигиеналық талапларын, соннан нәсилли буғалардан нәсил алыў, оныӊ жарамлылығын баҳалаў, 196 0 Ц да музлатыў техникаларын әмелият басшылары басшылығында орынлап үйренбекте. Филиалымыз директоры Адилбай Есимбетов тәрепинен әмелият өтеў ушын жаратылған бундай имканиятлардан студентлеримиз толық пайдаланып әмелий билимлерин асырып келмекте. Биз мақтаныш пенен айта аламыз ҳәм бундай әмелият дәўиринде алған билимлерин студентлеримиз келешекте Республикамыздың шарўашылық тараўының раўажланыўына өз үлеслерин қоса алыўына исеним билдиремиз! Олар бул әмелият дәўиринде әмелий көнликпелерге ийе болып, өз билим ҳәм тәжирийбелерин беккемлеп барады.





Зооинженерия кафедрасы баслығы А.Торешова скачать dle 12.1