«Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ «Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы мүнәсибети менен филиал студент-жаслары арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди. Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Илажды «Зооинженерия» кафедрасыныӊ баслығы А.Торешова ашып берип, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, бәрше қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Сондай-ақ, Конституциямыздың тарийхы ҳәм оның мазмуны бойынша сөз етилди. Ойын даўамында жәми 5 команда өз-ара беллести. Сораўлар тийкарынан Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына байланыслы берилди. «Заковат» интеллектуал ойыны студент-жаслардыӊ интеллектуал потенциалын және де арттырыў, оларды усы сыяқлы илажларға кеӊнен тартыў, қәбилетлерин ҳәм интасын жүзеге шығарыўға шараят жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилип келинбекте.
Бүгинги қутлы сәне мүнәсибети менен өткерилген ойын қызықлы ҳәм заўықлы тәризде болып өтти. Қатнасыўшы командалар өз билимлеринен келип шығып сораўларға жуўап бериўге ҳәрекет қылды. Ойынныӊ жуўмақлаўшы нәтийжесине көре, Зооинженерия (балықшылық) қәнигелигиниӊ 3-курс студентлери белсенелик көрсетип, жоқары балл топлады ҳәм жеӊимпазлықты қолға киргизди. «Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен жеӊимпаз командаларға естелик саўғалары тапсырылды. Усы тәризде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы мүнәсибети менен студент-жаслар арасында өткерилген «Заковат» интеллектуал ойыны қызықлы тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1