Студентлер турақ жайында “Заковат” интеллектуал ойыны өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ студентлер турақ жайында “Заковат” интеллектуал ойыны шөлкемлестирилди. Бунда гөзленген тийкарғы мақсет жатақханадағы студент-жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәмде билимдан студентлерди қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Студентлер турақ жайында өткерилген “Заковат” интеллектуал ойынын Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти Қ.Сәрсенбаев шөлкемлестирди ҳәм алып барды. Қызықлы тәризде өткен ойын даўамында қатнасыўшылар өз-ара қалыс түрде беллести. Студентлер өзлериниӊ интеллектуал потенциалын жүзеге шығарыўға ҳәрекет қылды. Жатақхана студентлериниӊ арасында өткерилген “Заковат” интеллектуал ойыныныӊ жуўмақлаўшы нәтийжелерине көре 1-орынды 11 ҳәм 15 ханада жасайтуғын студентлердиӊ командасы ийеледи. 2-орынды болса 4-хананыӊ студент-қызларыныӊ командасы алды. 12 ҳәм 14-хананыӊ қызлары 3-орынды ийеледи.
скачать dle 12.1