«Китапқумарлық ҳәптелиги» болып өтиўин мәлим қыламыз
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында усы жылдыӊ 4-9 апрель күнлери «Китапқумарлық ҳәптелиги» болып өтиўин мәлим қыламыз.
Усы ҳәптелик шеӊберинде илаждыӊ салтанатлы ашылыў мәресими, филиал Мәлимлеме-ресурс орайындағы китаплар көргизбеси, сыйлықлаў мәресими, студент-жаслар ортасында китапқумарлықты ен жайдырыўға қаратылған ҳәр түрли руўхый-ағартыўшылық илажлар, қызықлы викториналар, таӊлаўлар шөлкемлестириледи.
Әзиз студентлер, усы «Китапқумарлық ҳәптелиги» нде бәршеӊизди белсене қатнасыўға шақырып қаламыз! Еслетип өтемиз, илажда белсене қатнасқан студентлер сыйлықланады. «Китапқумарлық ҳәптелиги» жоқары дәрежеде өткерилиўи режелестирилмекте.

Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1