Нызамшылықтыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша ушырасыў болып өтти
Усы жылдыӊ 29-март күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында Прокуратура, Суд, Ишки ислер органлары хызметкерлери ҳәм Арқа-Батыс әскерий округи әскерий хызметкерлериниң тараўға байланыслы ушырасыўларын шөлкемлестириў тийкарында «Ден саўлықты сақлаў тараўында нызамшылықтыӊ орынланыўын тәмийинлеў» темасында филиал студент-жаслары менен ушырасыў өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы О.Худайбергенов, филиал администрациясы, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илажды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берип, келген мийманды қатнасыўшылар менен таныстырып өтти. Сондай-ақ, бүгинги күнде ден саўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған ислерге тоқталып өтти. Буннан соӊ О.Худайбергенов сөзге шығып, кейинги жылларда мәмлекетимизде ден саўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәмде ерисилип атырған унамлы нәтийжелер туўралы сөз етти. Соныӊ менен бирге ден саўлықты сақлаў тараўын түптен реформалаў бойынша қабыл қылынған пәрман ҳәм қарарлардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған ис-илажларға айрықша тоқталып өтти. Тараўда ерисилип атырған унамлы нәтийжелер менен бирге ушырасып атырған айрым кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, студент-жасларға темаға байланыслы керекли мағлыўматларды берди. Бул илаж даўамында қатнасыўшылар ден саўлықты сақлаў тараўы бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўап алды. Еӊ тийкарғысы, филиал студентлери пайдалы мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1