“Наўрыз байрамыныӊ тарийхы” темасында өткерилген шығармалар таӊлаўыныӊ нәтийжеси
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жаслары арасында Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен “Наўрыз байрамы тарийхы” темасында шығармалар таӊлаўы өткерилген еди. Бул таӊлаўға студентлер тәрепинен бир қанша дөретиўшилик жумыслар келип түсти. Олар көрип шығылып, әдил түрде баҳаланып еӊ жақсы деп табылған 3 шығарма таӊлап алынды. Бүгин филиалымыздыӊ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ханасында жеӊимпаз болған студентлер диплом менен сыйлықланды. Бул илажда Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, баспасөз хаткери З.Хожамуратова ҳәмде студент-жаслар қатнасы. А.Сейткамалов илажды кирис сөзи менен ашып берип, таӊлаўда қатнасқан студентлерге миннетдаршылық билдирип өтти. Буннан соӊ жеӊимпазлар жәрияланып, оларға диплом тапсырылды. Атап айтқанда, 2-курс 203-топар студенти Илхамбек Арысланбеков 1-орынды ийелеген болса, 2-курс 211-топар студенти Венера Жолдасбаева тәрепинен жазылған шығарма 2-орынға мүнәсип деп табылды. 2-курс 204-топар студенти Азада Хожамуратова 3-орынды ийеледи. Усы шығармалар таӊлаўын өткериўден тийкарғы мақсет студентлер арасында миллий байрамымыз болған Наўрыз әйямыныӊ тарийхы, мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин және де кеӊ тәризде еӊ жайдырыўдан ибарат еди. Бүгинги илаж даўамында еӊ жақсы жазылған 3 шығарманыӊ авторы диплом менен сыйлықланды. Тийкарғысы мине усындай таӊлаўларда белсене қатнасып киятырған студентлердиӊ мийнети мүнәсип тәризде баҳаланып атыр.
скачать dle 12.1