Филиалда мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди
Бәршемизге белгили, Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында усы жылдыӊ 4-март күни жоқары оқыў орынлары студентлериниӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор жыйналысында студент-жасларды жумыс пенен тәмийинлеп, олардыӊ қосымша дәраматқа ийе болыўы ушын шараят жаратыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул әҳмийетли ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин, яғный 25-март күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөкемлестирилди.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети ағзасы М.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниӊ орынбасары Ө.Қазақбаев, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниӊ баслығы М.Қайпанов, Қарақалпақстан Республикасы «шарўанәсил» агентлиги баслығы Қ.Пирназаров мийман сыпатында қатнасты. Илажды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берип, ҳәзирги күнде студентлер бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин ҳәм бул бойынша филиалда әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында сөз жүритилди.
Буннан соӊ сөз нәўбети мийманларға берилип, олар студент-жасларды бүгинги илаж мүнәсибети менен қутлықлап өтти. Мийнет ярмаркасында пайтахтымыз ҳәм районлардағы дерлик 20 ға жақын жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер қатнасып, өзлериндеги бар болған жумыс орынлары ҳаққында студент-жасларға толық мағлыўматлар берилди. Илаж даўамында қатнасыўшылар ҳәмде филиал студентлери жумыс бериўшилер менен өзара сәўбетлесиў алып барып, бос жумыс орынлары менен жақыннан танысты.
Әҳмийетлиси, филиалда билим алып атырған студентлер ҳәмде жумыс бериўшилер ортасында мийнет шәртнамалары имзаланып, 15 студентимиздиӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша келисимлерге ерисилди. Жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, студент-жасларды жумыс пенен тәмийинлеп, олардыӊ дәрамад табыўы ушын имканият жаратып бериў бүгинниӊ актуал мәселеси есапланады. Усы мақсетте филиалымызда шөлкемлестирилген бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Әҳмийетлиси, жумыс бериўшилер ҳәм студент-жаслар ортасында мийнет шәртнамалары имзаланып, олардыӊ бәнтлиги тәмийинленди. Илаж шеӊберинде филиалда студентлер бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша толық түрде сөз жүритилди.
скачать dle 12.1